group-telegram.com/xaliq_ushin/2118
Last Update:
❓18 жасқа толмаған пуқаралардың күнлик жумыс ўақыты неше саат?
✅ Мийнет кодексиниң 416-статьясына муўапық, 18 жасқа толмаған хызметкерлер ушын ҳәр күнлик жумыстың (сменаның) даўамлылығы белгилеп берилген болып, ол төмендеги нормалардан артық болмаўы тийис:
🔷 15 жастан 16 жасқа шекемги хызметкерлер ушын:
➖ 6 күнлик жумыс ҳәптесинде – 4 сааттан;
➖ 5 күнлик жумыс ҳәптесинде – 5 сааттан;
🔷16 жастан 18 жасқа шекемги хызметкерлер ушын:
➖ 6 күнлик жумыс ҳәптесинде – 6 сааттан;
➖ 5 күнлик жумыс ҳәптесинде – 7 саат 30 минуттан;
🔹 Оқыў жылы даўамында бир ўақыттың өзинде жумыс ислеп жүрген улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер шөлкемлериниң:
🔸15 жастан 16 жасқа шекемги окыўшылары ушын жумыс ўақты:
➖ 6 күнлик жумыс ҳәптесинде – 2 сааттан;
➖ 5 күнлик жумыс ҳәптесинде – 2 саат 30 минуттан;
🔸16 жастан 18 жасқа шекемги окыўшылары ушын жумыс ўақты:
➖ 6 күнлик жумыс ҳәптесинде – 3 сааттан;
➖ 5 күнлик жумыс ҳәптесинде – 4 сааттан.
Ең керекли ҳуқықый мағлыўматларды түсиникли тилде оқып барың:
👉 @Xaliq_ushin
BY XALÍQ USHÍN ⚖️
Warning: Undefined variable $i in /var/www/group-telegram/post.php on line 260
Share with your friend now:
group-telegram.com/xaliq_ushin/2118